Нөкис қаласында жайласқан 10 - санлы "Нурлы мәкән" мектеп - интернатында, Қарақалпақстан көлеминде билимлендириў тараўы тарийхында биринши мәрте "шок" хабар, жаңалық пенен бөлиспекшимиз.

Өзбекстан көлеминде өткерилип атырған Пәнлер олимпиядасының төртинши басқышында 10 - санлы мектеп - интернатының 11 "Д" класс оқыўшысы Жумабаева Надира сыйлы 3ши орынды ийеледи.

Бул оқыўшы қызымыздың сыйлы орынды алыўына бас себепшилер математика оқытыўшысы Наўрызбаева Камила ҳәм сабақтан тыс шуғылланған Тилеўмуратов Наўрыз, математика пәнинен интернат оқытыўшысы.

"Бул нәтийжеден бизлер еле "шок"тамыз, апа, интернат тәрийхында биринши мәрте оқыўшымыздың Өзбекстан көлеминде жеңимпаз болыўы" – дейди мектеп – интернат директоры Айдарбек Аймуратов.

Мийнетиңиз жемиси менен қутлықлаймыз "Нурлы мәкән" мектеп – интернат жәмәәты!

Дерек: Hoja.uz