Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 6-июнь күнги “Параолимпияшылардың мәртлик мектеби жумысын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-270-санлы қарары тийкарында “Параолимпияшылардың мәртлик мектеби” шөлкемлестирилген.

Бул “Мәртлик мектеби”ниң тийкарғы мақсети жаслар, атап айтқанда имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың қолға кириткен жетискенликлери, олардың үлгили турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәмде жасларды параспорт түрлерине қамтыўдан ибарат.

Усы мақсетте бүгин Сизлер менен усы “Мәртлик мектеби”ниң мақсет ҳәм ўазыйпалары, оның жасларға беретуғын имканиятлары ҳақкында сөйлесемиз.

Мийманымыз Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги “Мәртлик мектеби” атқарыўшы директоры Каримова Дилфуза Кадировна.

Видео: YouTube

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы