Президентимиздиң 2023-жыл 1-июн күнги 82-санлы Пәрманы менен, Шаңарақлық балалар үйлери Социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилген еди.

2024-жыл 27-март күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасында бар болған 14 Шаңарақлық балалар үйи ата-аналары менен ушырасыў өткерилип, олардың машқала ҳәм усыныслары тыңланды.

Ата-аналар тәрепинен балалардың тәлим алыўы, олардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлериндеги кемшиликлер, жасы толған балаларды үй-жай менен тәмийинлеў, жоқары оқыў орынларында оқыўын даўам еттириўи менен байланыслы ҳәм узақ ўақытлардан бери шешимин таппай атырған машқалалары айтып өтилди.

Басқарма баслығы С.Данияров жоқарыдағы машқалалар тез арада ҳәм унамлы шешилетуғынлығын, ол ушын бүгиннен баслап анық шешимге тийкарланған “Жол картасы” ислеп шығылатуғынлығын айтып өтип, буннан былай ата-аналар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерип турыў усынысын билдирди.

Мағлыўмат орнында бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 14 шаңарақлық балалар үйлери бар болып, оларда жәми 76 балалар тәрбияланбақта.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы