Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январдағы “Өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балалардың билим алыўларын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитаcия қылыў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 46-санлы қарарына муўапық, бүгин Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикаси басқармасы жанында Психологиялық-медиcиналық-педагогикалық комиссиясы шөлкемлестирилди.
ПМПКның тийкарғы мақсети 2 жастан 18 жасқа шекем өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балаларды комплекс Психологиялық-медиcиналық-педагогикалық тексериўинен өткериў ҳәмде мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў ушын жуўмақ бериў есапланады.
Бүгин 7 жасқа шекемги балалар ПМПТ тексериўинен өткерилип, кеселлик диагнозлары бойынша оларға Республикамыздағы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жолланбалар берилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий