Нөкис қалалық 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернат 11-класс оқыўшысы Утеев Сапарымбет спорттың шахмат түри бойынша көриў имкәнияты шекленген жас өспиримлер арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында сыйлы 1-орынды ийеледи.

11-класс оқыўшысы С.Утеев мүддетинен алдын студент болыў бахтына мияссар болды. Бул жетискенликке ерисиўде устазы мектеп-интернат оқытыўшысы Н.Тилеўмуратовтың үлеси үлкен орын алады.

Оқыўшымыз С.Утеевке келешекте кәмил инсан болып жетилисиўи ушын тилеклеслик билдирип, билим сырларын үйреткен устазларына жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

Бул жетискенлик мектеп-интернаты ушын үлкен мақтаныш болды.

Дерек: 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернаты