2024-жыл 19-апрель күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде Олимпиаданың салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, Спорт министри А.Алланазаров, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Мағлыўмат орнында, Паралимпиаданың усы жылғы мәусимине қатнасыў ушын 1300 ден артық жаслар дизимнен өткен.

Видео: YouTube

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы