Бүгин районда орайдың салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда Кегейли районы ҳәкими А.Камалов, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы Б.Илясов, сектор басшылары ҳәм мәҳәлле нуранийлери сөзге шығып, бәршени район орайында жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.

Президентимиздиң 2023-жыл 1-июн күнги “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс ис-илажлар ҳаққында”ғы 82-санлы Пәрманына муўапық, барлық район (қала)ларда искерлигин алып барып атырған бул орай социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларымызға сапалы жәрдем көрсетиў, ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм олардың турмыс жағдайларын жақсылаў бағдарында халқымызға комплекс социаллық хызметлер көрсетеди.

Ҳәзирге күнге келип орайлар тәрепинен халқымызға 49 түрли хызметлер көрсетип келинбекте.

Буннан соң, мийманларымыз орайды салтанатлы түрде ашып, пуқаралар ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Видео: YouTube

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы