Бүгин ерте таңнан пайтахтымыз бойлап “Бир ўатанда, бир ўақытта, бирдей аралыққа, бир мақсетте – биргеликте жуўырамыз” сүрени тийкарында “Жаңа нәпес” жуўырыў марафоны болып өтти.

Марафонда бәрше қатнасыўшылар қатарында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы басшылары, зийрек студент-жаслары ҳәм тьюторларынан дүзилген жәмәәт белсендилик пенен қатнасты.

Ең қуўанышлысы жуўырыў марафонында параолимпиада жөнелиси бойынша филиалымыз "Компютер инжиниринги" факультети 3-басқыш студенти Сарыбаев Нурсултан 1-орын, Усмонжонов Ҳусниддин "Жеңиске болған талпынысы ушын" номинацияларын қолға киргизип, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бизде өз гезегинде филиалымыз спортшыларының қолға киргизген жетискенлиги менен қутлықлап, алдағы оқыўларында табыслар тилеп қаламыз.

Видео: YouTube

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.