Ислам Тлепов “Не жаңалық?” деген сораўға жуўапты анық биледи. Оның сондай атлы телеграмм каналында 100 мыңнан аслам жазылыўшылары бар. Жаңалықлар менен бөлисиў ушын ол турақлы түрде мәмлекет ҳәм дүньяда жүз берип атырған ўақыялардан хабардар болыўға ҳәрекет етеди. Қарақалпақстан пайтахты Нөкис қаласыннан дерлик 100 километр узақлықта жайласқан Қанлықөл районындағы “Бостан” аўыл пуқаралар жыйынында интернет тармағына жалғаныўда ҳеш қандай машқала жоқ.

Ислам, 24 жасда, балалығында басынан кеширген кеселликтен кейин майып болып қалды. Aлты жасында оқыў ҳәм жазыўды үйренди, мектеп программасын үйде өзлестирди. Ислам балалығынан хабар технологияларына қызығады. Ҳәм үш жыл алдан досты Ақылбек Турсынбеков пенен бирге жаңалықлар каналын жаратыўға қарар етти. Оның ушын тек смартфон ҳәм интернетге кириў керек еди. Ол екеўи менен де қашаннан берли тил табысқан.

Aлдын жазылыўшылар кем еди, лекин Ислам тәслим болмады ҳәм медиа мәканин тәрк етиў нийети жоқ еди.

Ол өз каналы ушын басқа дереклерде жарияланған хабарларды өзбек тилинен қарақалпақ тилине аўдарма етеди. Ол өзи мақала жазады ҳәм жазылыўшылр оның менен мағлыўмат бөлиседи. Aналитиканы оның республика көлеминдеги илажларда қатнасатуғын досты Ақылбек Турсынбеков таярлайды.

Күнине “Не жаңалық?” каналында ҳәр түрдеги 15 ке шекем жаңалықлар пайда болады, Исламның жумыс кестеси болса бир нормада емес.

Ɵзиң унатқан жумыс пенен шуғылланыў текғана заўық емес, бәлким дараматта келтиреди. Реклама беретуғынлар блогер менен ықлас пенен шериклик етпекте, жазылыўшылар саны бойынша оның каналы Қарақалпақстандағы басқа көплеген жаңалық баспаларынан бир неше есе алдында.

Район хәкимшилиги жигиттиң ғайратын қоллап-қуўатламақта. Ҳәкимниң сыйлығы - заманагөй ноутбук болып, Ислам оннан веб-сайтлар және социал роликлер жаратыўда пайдаланыўды режелестирмекте.

Исламның пикирине көре, ХТ саласында ислеў аңсат. Билимлери оған өзин табыўға ҳәм кеселлигин умытыўға жәрдем берди.

Ислам үлкен ҳәм миймандос шаңарақта үлкейген, ата-анасы Жамурат Aяпов ҳәм Aрзыгул Узақова 4 перзентин мийир ҳәм ғамҳорлықта тәрбиялаған. Ислам мудамы излениўшен, ашықкеўил, инилерине ҳәм қарындасларына өрнек болады. Дүнья өзгерип атыр ҳәм адамлар да ол менен өзгериўи кереклигине, Ислам исеним билдиреди. Сондағана раўажланыў ҳәм жәмийет өмириниң орайында қалыў ҳәм адамларға пайда келтириў мүмкин. Бизиң қаҳарманымыз буны әп-әнейдей атқарады ҳәм келешек ушын мақсет ҳәм режелер әмелдегидей болғанында, ол әлбетте көтеринки кеўилде болады.

Алена АМИНОВА