Физикалық, ақылый, сенсор яки руўхый нуқсаны бар болған балалар ушын қысқа мүддетли “Ғамхорлық” топарлары шөлкемлестириледи.

Сол мақсетте 2024-жыл 3-апрель күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларындағы арнаўлы мектеп-интернатлар, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин барып көрди.

Дәслеп ол жерде балалар ҳәм оқыўшы жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен танысты. Соң усы билимлендириў орынларында балалардың толық билим ҳәм тәрбия алыўы, емлениўи, оларды реабилитация қылыў ушын зәрүр имканиятларды жаратыў кереклигин, сондай-ақ “Ғамхорлық” топарларын шөлкемлестириў бойынша усынысларын айтып өтти.

Мағлыўмат ушын, бул топарлар қәнигелестирилген билимлендириў шөлкемлерине бармайтуғын (қатнаў имканияты шекленген) балалардың жәмиетке араласыўы, оларды теңлеслери ҳәм үлкенлер орталығына ийкемлестириў ушын мөлшерленген.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы