Республикамыздағы барлық қала ҳәм районларда майыплығы болған жаслар ортасында Паралимпиада спорт жарыслары өткерилмекте.

2024-жыл 20-апрель күни Нөкис районында “Бес баслама паралимпиадасы” шеңберинде спорт мектебинде болып өткен спорт жарысларында жасларымыз мүнәсип қатнасып, пара шахмат, пара шашка ҳәм пара стол тенниси спорт түрлери бойынша өз имканиятларын сынап көрип жеңимпазлар анықланды ҳәмде естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы