Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январдағы “Өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балалардың билим алыўларын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитация қылыў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 46-санлы қарарына муўапық, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикаси басқармасы жанында нәубеттеги Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиясы шөлкемлестирилди.

ПМПКның тийкарғы мақсети 2 жастан 18 жасқа шекем өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балаларды комплекс Психологиялық-медициналық-педагогикалық тексериўинен өткериў ҳәмде мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў ушын жуўмақ бериў есапланады.

Бүгин 7 жасқа шекемги балалар ПМПТ тексериўинен өткерилип, кеселлик диагнозлары бойынша оларға Республикамыздағы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жолламалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы