Мойнақ район ҳәкимлиги, “Инсан” социаллық хызметлер орайы, Спорт мектеби, Жаслар ислери агентлиги ҳәм районлық Ишки ислер бөлими қатнасында "Бес баслама" олимпиадасы шеңберинде спорт жарыслары шөлкемлестирилди.

Параспорт спорттың 4 түри бойынша бағдарланып, район аймағындағы мәҳәллелерден спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында спорт ойынлары жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды ҳәм спорттың кейинги басқышына жоллама алды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы