Усы жылдың 19-апрел күни Бозатаў районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәмде Спорт мектеби, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими менен биргеликте “Бес баслама паралимпиадасы” шеңберинде жарыслар шөлкемлестирилди.

Жарыс жуўмағында район “Инсан” социаллық қорғаў бөлими тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында, жарысқа жәми 40 тан аслам имканияты шекленген жаслар қатнасты ҳәм жеңимпаз болғанлар Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Таярлаған: Б.Тохпанов,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының студенти.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы