«Ѳнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳам Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Ѳзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленгениндей, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳамде олар ушын қолай орталықты жаратыў, сондай-ақ майыплығы болған ѳнерментлердиң тараўдағы хызметин раўажландырыў, ислеп шығарған ѳнимлериниң реализациясына кѳмеклесиў арқалы олардың тараўдағы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде саўда ярмаркасы шѳлкемлестирилди.

Саўда ярмаркаға майыплығы болған «Ѳнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими, Өзбекстан Республикасы майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлимлериниң ағзалары ѳзлериниң қол мийнетлери менен исленген ѳнимлери менен қатнасты.

Видео: YouTube

Дерек: «Ѳнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы