“Ең белсенди социаллық хызмектер” көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында “Ең белсенди социаллық хызметкер” номинациясы 1-орын жеңимпазы Таджибаев Тимур Шарафутдин улы.
Ол 2023-жыл 10-октябр сəнесинен баслап Хожели раёны “Инсан” социаллық хызметлер орайы “Тынышлық” ҳəм “Таскөпир” мəҳəллелериндеги комплекс социаллық хызметлер көрсетиўши хызметкер лаўазымында жумыс ислеп келмекте.
Жеңимпаз шөлкемлестириўшилер тəрепинен мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарыңың 5 есеси (5 млн 250 мың сум) муғдарында пул сыйлығы менен сыйлықланды.
Жеңимпазымызды жəне бир мəрте қутлықлап, таңлаўдың Республика басқышында әўмет яр болыўын тилеймиз.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Отправить комментарий
Отправить комментарий