Балалар өмиримиз даўамшылары, келешегимиз ийелери. Оларды асырап-абайлаў, ҳəр тəреплеме бəркамал әўлад етип тəрбиялаў ҳəрбир мəмлекет, ҳəрбир жəмийет, ҳəрбир ата-ананың тийкарғы ўазыйпасы.

Сəне мүнəсибети менен 2024-жыл 31-май күни Нөкис қаласында жайласқан “Имкан” реабилитация орайына ийе мəмлекетлик көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде байрам илажы өткерилди.

Илажда шөлкемлестириўшилер балажанларды қутлықлап, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы