Усы жылдың 20-май күни Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде Нөкис қаласында болып өткен спорт ойынларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Онда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Компютер инжиниринги» факултети 3-басқыш студенти Сарибоев Нурсултон Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде пара жеңил атлетика бойынша 100 метрге жуўырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы 1-орын жеңимпазы болыў бахтына мияссар болды ҳəм Өзбекстан Республикасы басқышына жолланбаны қолға киргизди.
Сондай-ақ, кеше ғана болып өткен «THE 15TH DR.BEAK MUN JONG CUP INTERNATIONAL OPEN TAEKWONDO CHEMPIONSHIPS» спорттың пара таекуондо түри бойынша халықаралық жарыста сыйлы 2-орын жеңимпазы болды.
Бизде өз гезегинде Нурсултонды қос жеңиси менен қутлықлай отырып, кейинги жарысларда жоқары нəтийжелерге ерисиўин тилеп қаламыз.
Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.



Отправить комментарий
Отправить комментарий