Басым ҳəм зорлықтан жəбирленген шахсларға “шаңарақ – мəҳəлле – район ҳəм аймақ” принципи тийкарында комплекс социаллық хызметлер көрсетиў системасы енгизиледи.

2024-жыл 22-май күни Нөкис қаласы ҳəкимлигинде өткерилген мəжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-май күнги  ПҚ-175-санлы Қарарында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар кең түрде додаланды.

Онда Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳəм бейимлестириў Республика орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы, ҳаял-қызлар ҳəм Ишки ислер бөлимлериниң тийисли жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Мəжилисте сөзге шыққанлар, Қарар менен киритилип атырған өзгерислер, əмелге асырылыўы зəрүр болған ўазыйпаларға тоқталып, бунда ең дəслеп мəҳəллелердеги ҳаял-қызлар белсендиси, социаллық хызметкер ҳəм профилактика инспекторларының биргеликтеги ис-ҳəрекетлери менен ғана мəҳəллелерде ҳəр қыйлы унамсыз жағдайлардың алды алынатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

Толық оқыў

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы