2024-жыл 28-май күни Халық мүражатлары менен ислесиў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға ҳуқықый шешим табыў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги тəрепинен анық ис-илажлар тийкарында орынларда көшпели қабыллаўлар өтерилип келинбекте.

Атап айтқанда, Агентлик директорының мəслəҳəтшиси Шерзод Асқаров басшылығындағы исши топар тəрепинен Нөкис қаласында жайласқан “Жаслар орайы”нда халықтың машқалаларын үйрениў ҳəм оларға шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда пуқаралардан тийкарынан, майыплық арбашаларын алыў, жалғыз кексе ҳəм майыплығы болған шахслар дизимине киритиў, санаторийларға жолламалар бериў, өзгелер күтимине мүтəж балаларға қараў напақасы, майыплық пенсиясы ҳəм напақасын есаплаў, тайынлаў ҳəм төлеў, социаллық напақаларды тайынлаў, емлениўге ордер алыў ҳəм басқада мүрəжатлар келип түсти.

Машқалалардың көпшилиги сол орында шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрəжатлар тийисли жуўапкерлерге бекитилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы