2024-жыл 20-май күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде өткерилген Олимпиаданың Қарақалпақстан Республикасы басқышында район (қала)лық басқышта жеңимпазлықты қолға киргизген 200 ден артық спортшы жаслар қатнасты.

Параспорттың 6 түри бойынша өз-ара беллескен спорт жарысында күшлилер анықланып, Республика финал басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тəрепинен диплом ҳəм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында, Паралимпиаданың усы жылғы мəусимине қатнасыў ушын 1300 ден артық жаслар дизимнен өткен.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы