2024-жыл 19-май күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тəрепинен өткерилген “Басқарма баслығының кубоги” спорт жарысы өз жуўмағына жетти.

Жəми 19 команда қатнасқан спорт жарысының финал ойынында Елликқала ҳəм Тахтакөпир районы командалары өз-ара беллести.

Қызғын өткен финал ойынында Тахтакөпир командасы жеңип шықты ҳəм “Кубок” ийесине айланды.

Сыйлықлаў мəресимине Басқарма баслығы С.Данияров қатнасып, барлық жеңимпаз болған командаларды қутлықлады ҳəм жарыстың кейинги басқышларында әўметлер тиледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тəрепинен диплом ҳəм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жеңимпазлар менен танысың:

1-орын Тахтакөпир районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы;

2-орын Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы;

3-орын Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы