Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң билимин жетилистириў орайы тәрепинен барлық аймақларда “Социаллық хызметкер ассистентлериниң кәсиплик билимлерин асырыў” темасында оқыў-семинары өткерилди.

3 күн даўамында өткерилген оқыў-семинарында социаллық хызметкер ассистентлери тийкарғы ўазыйпа ҳәм функциялары, кекселик психологиясы, кекселерге қараў, ғамхорлық көнликпелери, биринши медициналық жәрдем ҳәм басқа да искерлиги даўамында ушырасатуғын машқалалар бойынша зәрүр билимлерге ийе болды.

Сабақлар тренерлер тәрепинен көргизбе қураллары ҳәм видео материаллар жәрдеминде түсиндирилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы