Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 3-феврал кунги 69-санлы Қарарына тийкар, буннан былай ҳəр жылы “Ең белсенди социаллық хызметкер” көрик-таңлаўы өткерилиўи жолға қойылған еди.

Қарар тийкарында таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасыў ушын 226 социаллық хызметкерлер дизимнен өтип, таңлаў нызамы бойынша тест ҳəм сəўбет басқышларына қатнасты.

Таңлаўды өткериў бойынша дүзилген комиссия жуўмағы менен қатнасыўшылардың жəми 2 басқышта топлаған нəтийжелери тийкарында жеңимпазлар анықланды. 

2024-жыл 28-май күни “Жаслар орайы”нда өткерилген сыйлықлаў мəресиминде Агентлик директорының мəслəҳəтшиси Шерзод Асқаров ҳəм Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Сайлаўбай Данияровлар қатнасып, жеңимпазларды қолға киргизген нəтийжелери менен қутлықлады ҳəм кейинги басқышта әўметлер тиледи.

Демек, таңлаў жеңимпазлары менен танысың:

“Ең белсенди социаллық хызметкер” номинациясы бойынша:

1-орын Таджибаев Тимур Шарафутдин улы (Хожели районы);

2-орын Ермаханов Жөрабек Қалдыбек улы (Беруний районы);

3-орын Султанова Гүлзира Муратбаевна (Қараөзек районы).

“Ең белсенди социаллық хызметкер ассистенти” номинациясы бойынша:

1-орын Оринбаева Алия (Хожели районы);

2-орын Оралбаева Маржангул Женисбай қызы (Кегейли районы);

3-орын Төрениязова Гүлназ Қуўанышбаевна (Тахтакөпир районы).

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тəрепинен диплом ҳəм пул сыйлығы менен сыйлықланды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы