2024-жыл 22-май күни Ҳаял-қызлардың əсиресе майыплығы болған ҳаял қызлардың бəнтлигин тəмийинлеў, бүгинги күндеги ең əҳмийетли мəселелердиң бири.
Сол мақсетте Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳəм Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте майыплығы болған ҳаял-қызларға үй шараятында микрошөплерди жетилистириў бойынша шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
Дəслеп шөлкемлестириўшилер тəрепинен жойбардың мақсет ҳəм ўазыйпалары түсиндирилди.
Буннан соң тренерлер Микрокөкшөплер, оның пайдалы тəреплери ҳəм оны қалай жетилистириў кереклиги бойынша жойбар қатнасыўшыларына түсиниклер берди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы



Отправить комментарий
Отправить комментарий