Бүгин мәмлкетимизде жеке тәртиптеги өнерментшилик түрлерин раўажландырыў, исбилерменлик искерликлерин кеңейтип ҳәм усы тийкарында майыплығы болған ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге өзгеше итибар қаратырылмақда.

Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими басламасы менен исбилерменлик ҳәм өнермент ҳаялларды қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде ассоциация қасынан “Қоңыратлы шебер қызлар” унитар кәрханасы шөлкемлестирилди.

Қоңырат районында жасаўшы балалығынан II топар майыбы кәрхана баслығы Шынар Узақбаева тигиўшиликтиң сырларын пуқта ийелеп, усы өнери арқалы шаңарағын абат қылып атыр. Сол қатары мәҳәллесиндеги 13 ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп, 12 майыплығы болған ҳаял-қызларға өнер үйретип атыр.

Бүгинги күнде кәрхана Қоңырат районы Санаат колледжи имаратында ижара тийкарында жумыс алып бармақта. Тийкарынан тигиўшилик өнимлерин яғный  көпшик қап ҳәм төсек орын қапларды ислеп, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары Медицина ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлеринен мәмлекетлик бүйыртпаларын алып, өз ўақтында толық ҳәм сапалы орынлап атыр.

Қоңырат районында бүгинги күнде майыплығы болған ҳаял-қызлар саны 2179 ды қурайды.

– Өзим сыяқлы майыплығы болған мүтәж ҳаял-қызлардың жумыс пенен тәмийинлениўи жүдә қыйын мәселелердиң бири есапланады. Келешекте кәрхананың жумысын кеңейттирип, 100 ден аслам майыплығы болған ҳаял-қызлар ушын жумыс орынларын жаратыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ мийнет базарында олардың бәсекелигини арттырыў ибарат, – дейди қәрхана баслығы Ш.Узақбаева.

Бир сөз менен айтқанда, Қоңырат районы майыплығы болған ҳаял-қызлар бәнтлиги тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен қоллап-қуўатлаў барысындағы жумыслар избе-излик пенен даўам еттирилип атыр. Яғный ассоциация қасынан 8 жуўапкершилиги шекленген жәмийет өз үлеслерин қосып атырғанлығы, аймақ бәнтлигини тәмийинлениўи алып келеди.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
27-июнь, 2024-жыл. №23 (8299)