2024-жыл 30-июнь күни Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде өткерилген спорт ойынларының Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы “Компютер инжиниринги” факултети 3-басқыш студенти Сарибоев Нурсултон Бес баслама параолимпиадасы шеңберинде пара жеңил атлетика 60 метрге жуўырыў бойынша Өзбекстан Республикасы басқышында сыйлы 2-орын жеңимпазы болыў бахтына мияссар болды ҳəм шөлкемлестириўшилер тəрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
Ташкент информациялық технологиялары университети
Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.