Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, 30-июнь күни Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын қутлықлады.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған бурын болмаған үлкен имканиятлар ҳәм итибардан ҳәр бир жастың нәтийжели пайдаланып, елимиздиң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынлығын айрықша атап өтти.
Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Мине сол жаслар қатарында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы студенти Сарибоев Нурсултонның "Үмит ушқыны" көкирек белгиси менен сыйлықланыўы филиал жәмәәтин шексиз қуўанышқа бөледи.
Бизде өз гезегинде филиалымыз белсенди жасын бул табысы менен қутлықлай отырып, спорт жарысларында Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикаларының байрақларының эледе жоқарыларға көтерилиўинде белсендилик көрсетиўин тилеп қаламыз.
Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
Ташкент информаcиялық технологиялары
университети Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.
Отправить комментарий
Отправить комментарий