Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Спорт Министрлиги тәрепинен спорттың пара пауерлифтинг түри бойынша ересеклер, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Онда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы студенти 1-орынды қолға киритип, Өзбекстан Республикасы басқышына жолланбаны қолға кириткен еди.

27-июнь ҳәм 1-июль күнлери аралығында өткерилген спорттың пара пауерлифтинг түри бойынша үлкенлер, жаслар ҳәм өспиримлер арасында "Өзбекстан чемпионаты" болып өтти.

Қуwанышлысы сонда, бул жарыста Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Компютер инжиниринги» факултети студенти Усманжонов Хусниддин сыйлы 3-орынды қолға киритти.

Бизде өз гезегинде спортшы студентимизди қолға киритип атырған жеңислери менен қутлықлап, Азия чемпионатында да жақсы нәтийжелерге эрисиwин тилеп қаламыз.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.