Бир ай даўамында 30-июнь – «Жаслар күни» мүнәсибети менен республикамызда көплеген илажлар өткерилди. Усы байрам қарсаңында газетамыздың белсенди хабаршысы, ҚМУ дың журналистика қәнигелигиниң 2-курс студенти, көп ғана халықаралық таңлаўлардың, китаплардың авторы Гүлайым Қуўанышбаева «Кележак бунёдкори» медалы менен сыйлықланды. Медальды Ташкент қаласында Мәмлекет басшысы өз қоллары менен Гүлайым қызымыздың көксине тағып қойған видеолары интернеттиң көплеген каналлары арқалы тарқалғанда шын кеўил менен қуўандым, жасырмайман көзлериме жас келди.

Кишкене қыз «Сизиң менен ушырасқым келеди» – деп өткен жылы ушырасыўға шақырып, көп сәўбетлескен едик. Оның саўғаға берген еки китабы ҳаққында пикирлеримди айттым. Соннан бери оның дөретиўшилигинен тынбай хабардар болдым. Қырғызстан Республикасында өткерилген дөретиўшилик жарысында Гран При менен қайтқанда да жаңалықларын мақтаныш пенен айтып берди.

Медальды алған күни де қоңыраў етип, және «төгилди».

– Билесиз бе устаз, бул медаль көксиме тағылыў менен бирге маған мәмлекет исенимин, Президентимиздиң ғамқорлығын сезиниўди де қосып жүкледи. Бул жерде 63 жас сыйлықланған болса бәри де «бәйгиде аты озғанлар». «Атағынан ат үркетуғын » жасларды көрдим. Олар менен сәўбетлесип , ислеген ислери менен танысып, ҳәттеки уялып та кеттим. Елимизде биз жасларға санаўсыз имканиятлар жаратылған екен. Биз жаслар ең болмағанда солардың бир-екеўинен пайдалансақ та не деген ислердиң басына «жип» таққан болар едик. Себеби, бизлерди қоллап-қуўатлап, баўырына басатуғын Президентимиз, елимиз бар.

Енди тез жүрер поездындай тоқтатыўға ўақтым жоғын аңладым. Бул медаль көксиме тағылыўы мен ушын күтилмеген ўақыя болды. Мен 39 ел менен дөретиўшилик байланыс орнатқан болсам булар еле аз екен.

Ташкенттен кеште үйге қайтаман. Мениң алға қойған режелеримди, мақсетлеримди, арзыўларымды мен минетуғын поезд көтере алса болар еди-аў. Бир қанша дослар арттырдым. Олардан үйренгенлерим көп болды.

Гүлайымды бул ўақытлары тек еситиў керек еди. Қызықтырған сораўларымды берип, сөзин де бөлиў мүмкин емес. Кишкене жүрегине сыйдырған қуўанышын ол нешше күнлеп мақтаныш пенен айтып жүреди. Сол күни Гүлайым сыяқлы неше жасларымыз усындай етип қуўанды.

Усындайда қәдириңди бәлентлерге көтеретуғын елде жасап, мийнетлериң баҳаланатуғынынан қуўанып кетесең. Гүлайым Қуўанышбаева ҳаққында мақала жаздым. Көплеген көрсетиўлер таярланды. Егер Гүлайым қызымыздың имканияты шекленбегенде буннан да көплеген нәтийжелерге ерисерме еди. Оның гүрриңлерин гейде газетада басып турамыз.

– Мақалаларым шығып турыпты. Газетаға жазылған ўақтым таўсылғаны ушын және 6 айға жазылдым – деп квитанциясын телеграммнан таслады.

Ол бир дүнья ислерди ислеп, халыққа танылып үлгерген қыз. «Сөз маржаны»» каналы 5,776 оқырманына ийе. Оқыў менен қоса оны да бирге алып барыў, излениў аңсат емес. Кип-кишкене болып көринсе де сөйлескен сайын сөйлескиң келеди. Ашылысатуғын тыңлаўшысына айтқан тынық пикирлерин тыңлап ҳайран қаласаң. Ол көп еллердиң жазыўшы-шайырларының китапларын оқып қоймастан өзлери менен де таныс. Айырымларының гүрриңлерин аўдарып, каналында басып атыр.

Оның «аяғы» анасы. Бәрқулла қасында жүреди.

Амангүлдиң сабырына бола қызы усындай ақыллы, билимли, талантлы болып шыққанын айт, – деп қояды оны танығанлар.

Көксине тағылған медальдың баҳасын түсинген, сезинген қарақалпақтың әпиўайы бир қызының бүгин қатарлары көбейип, көплеген жаслар ҳәўес пенен қарасады.

– Сол жерлерге де қарақалпақ қызы екенимди аңлатыў ушын қызыл тақыяны кийип бардым. Елим ушын ислейтуғын ислерим көп. Ўақыт болса жүйрик. Ўақытты бойсындыра алмасам да оның изинен қалмай, излениўим керек екен.

Гүлайымның айтатуғынлары дым көп. Бәрин телефон арқалы жеткере алмай атыр. Гүлайым Қуўанышбаеваны жақсы танығаным ушын да оның арзыўларын әмелге асырыў ушын ҳеш қашан тоқтап турмайтуғынына исенемен. Медалың қутлы болсын, ай қызым!

А.ТУРЕКЕЕВА.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası

Видео YouTube: