2024-жыл 6-сентябрь күни Нөкис қаласы «Дослық үйи» конференц-залында Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы шөлкемлестириўинде «Майыплығы болған шахслардың айрықша жағдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўи ҳәмде оларды қәўипсиз эвакуация етиў» атамасында семинар өткерилди.

Семинарды өткериўден мақсет таяныш ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болған шахслардың өзлериниң айрықша жағыдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўи ҳәмде оларды қәўипсиз эвакуация етиў бойынша майыплығы болған шахслардың психологиялық таярлығын, билим ҳәм көнликпелерин асырыў.

Илажға Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасының жуўаплы хызметкерлери, Нөкис қаласында жасаўшы таяныш ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болған шахслар жәми 35 адам қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими