2024-жыл 22-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте, бирге ислесиў бойынша дүзилген меморандум тийкарында Нөкис қаласында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында 4-санлы мектеп интернатында (еситиўде ҳам сөйлеўде нуқсаны бар балалар мектеби), Республикалық тери кеселликлери емлеўханасында ҳәм де Көз кеселликлери емлеўханасында майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслиги мониторинг топары тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде емлеўханаларда пандус ҳәмде эвакуация жоллары талап дәрежесине жуўап бермейтуғынлығы анықланды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими