2024-жыл 23-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте, меморандум тийкарында Қоңырат районында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында Қоңырат районлық емлеўханасы, орайлық поликлиникасы ҳәм де 36-санлы инклюзив мектеплерде жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслиги мониторинг топары тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде поликлиникада пандус талап дәрежесинде емеслиги, услағышларының толық емеслиги, пандусқа барыў жоллары қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғынлығы, ҳәжетханаларында қолайлықлар жаратылмағанлығы анықланды. Есиклеринде босаға бар, айрықша жағыдайларда майыплығы бар шахсларды эвакуация етиўге тосқынлық етиўи мүмкин.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими