Хабарыңыз бар, Республикамызда 2024/2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын мәмлекетлик тест сынақлары өткерилди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында өткерилген тест сынақларында абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын зәрүр барлық шараятлар жаратылған болып, соның менен бирге майыплығы болған шахслардың тест сынақларында жоқары кейпиятта қатнасыўлары ушын кеўилли волонтёрлар тәрепинен жәрдемлер көрсетилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы