2024-жыл 6-июль күни Хабарыңыз бар, усы жылдың 10-май күни «Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социаллық хызметлер көрсетиўди жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-175-санлы Президент қарары қабыл етилген еди.

Қарардың әҳмийети, онда белгилеп берилген баслы бағдарлар, әмелге асырылыўы зәрүр болған мәселелер бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәжилислер залында семинар өткерилди.

Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы Ҳаял-қызларды реабилитация қылыў ҳәм бийимлестириў Республика орайы баслығы Муқаддам Расулова қатнасып, семинар қатнасыўшыларына «Қорғаныў ордери»н бериў ҳәмде қала-раён медицина бирлеспелериндеги  қыстаўлы бөлимлерде бирлемши көмек ханаларын шөлкемлестириў бойынша кең түрде мағлыўматлар берип өтти.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы