2024-жыл 31-июль күни Нөкис қаласы Жас тамашагөйлер театрында Республикамыз бойлап «Кибер мәдениятты арттырыў айлығы» шеңберинде шөлкемлестирилген таңлаўының «Интернет тармағынан қәўипсиз пайдаланаман» номинация бойынша майыплығы болған шахслар арасында даўыс топлаў жолы менен жеңилпазларды сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Әмиўдәрья район бөлими баслығы Н.Халбаева 1-орын, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Тақыятас район бөлими баслығы Ы.Ғаниев 2-орын, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими баслығы Г.Тасбаева 3-орынды ийелеп шөлкемлестириўшилер тәрепинен I, II, III дәрежели диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықларды.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими