2024-жыл 31-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте Меморандум тийкарында Нөкис қаласында жайласқан Республикалық тез (қыстаўлы) жәрдем көрсетиў медициналық орайында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында медициналық орайдың өзинде майыплығы болған шахсларды эвакуация етиўге жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслиги үйренилип шығылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде медициналық орайда жақсы шараятлар жаратылғанлығын көрдик. Пандуслардың барлығы талап дәрежесине жуўап береди, лифт бар, кнопкалары Брайль шрифтинде де жазылған, айрықша жағыдайлар ўақтында эвакуация ушын қурылған текшелер толық талапқа жуўап береди. Хажетханаларында майыплығы бар адамлар ушын қолайлықлар жаратылған.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими