Елликқала районында өткерилген көшпели қабыллаўда 25 пуқараның мүрәжаты тыңланды. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда Басқарма баслығының орынбасары Т.Аминов қатнасып, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалаларын тыңлады.

Пуқаралар тийкарынан майыплық арбашасы, протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў, майыплықты белгилеў, бәнтлик, санаторий жолламасын алыў, балалар напақасы ҳәм басқада мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Машқалалардың көпшилиги соль орында шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар тийисли жуўапкерлерге бекитилди. Сондай-ақ майыплықты белгилеў бойынша мүрәжат қылған пуқараларға районлараралық социаллық-медициналық эксперт комиссиясына жолламалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы