2024-жыл 20-июль күни Нөкис қаласы «Дослық үйи»нде Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған майыпларға көмеклесиў "ДАУТ" Қарақалпақстан орайы Жоқарғы Кеңеси жамийетлик фонды қаржыландырылыўы есабынан “Биргеликте еплеймиз” жойбары тийкарында июль-август айларында Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған балалар ҳәм олардың ата-аналары ушын психологик семинар шөлкемлестирди.

Семинардан мақсет aқылый раўажланыўда нуқсаны бар балалар әсиресе олардың ата-аналарының психологиялық жағдайын жақсылаў ҳәм шаңарағын беккемлеў болып есапланады. Буннан тысқары ата-аналарға ҳәр қыйлы стресслик ҳалатларын жеңип өтиў бойынша усыллары үйретилди ҳәм оларға қарсы гүресе алыў ушын иммунитетин қәлиплестириў бойынша мәслаҳатлар берип барылды.

Айрым ата-аналар менен индивидуал психологик жумыслар да алып барылды. Нәтийжеде, көпшилик ата-аналар өмирге көз қарасы ҳәм перзентлери менен мүнәсибети жақсыланғанын айтып өтти.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими