2024-жыл 29-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандум тийкарында Нөкис қаласында жайласқан У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў ушын жаратылған шараятларды үйрениўден ибарат.

Мониторинг жумыслары даўамында Республикалық емлеўханасының Терапия бөлими ҳәмде Мәсләҳәт поликлиникасында жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслиги мониторинг топары тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде Мәсләҳәт поликлиникасының кирер есиги тәрепинде улыўма пандус жоқлығы, қапталындағы пандусы талапқа жуўап бермейтуғынлығы, хәжетханаларында майыплар арабашасында ҳәрекетлениўши шахслар ушын қолайлықлар жаратылмағанлығы, өрт қәўипсизлиги қурылмаларындағы айырым кемшиликлери анықланды.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими