2024-жыл 25-июль күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте, бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандум тийкарында Хожели районында мониторинг алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында Хожели районлық емлеўханасы, орайлық поликлиникасы, Аўыл пуқаралар жыйыны поликлиникасы ҳәм де Хожели райыны 3-санлы ақылы зайып балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемеси мектеп интернатында майыплығы болған шахсларды эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслиги мониторинг топары тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде айырым имаратлардың пандуслары азғана реконструкция талап ететуғынлығы, хәжетханаларында керекли қолайлықлар жаратылмағанлығы, өрт қәўипсизлиги қурылмаларының айырым кемшиликлери анықланды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими