2024-жыл 2-август күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағыдайлар басқармасы менен биргеликте бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандум тийкарында пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўине қараслы 10-санлы «Нурлы макан» көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сайкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Үйрениўлер нәтийжесинде 10-санлы «Нурлы макан» көзи-әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында айрықша жағыдайларда эвакуация жолларында пандус орнатылмағанлығы, майыплығы болған шахслардың екинши қабатға көтерилиў имканияты жоқлығы, хәжетханаларында майыплығы болған шахслар ушын қолайлықлар жаратылмағанлығы ҳәм де өрт қәўипсизлиги қурылмаларының айырым кемшиликлери анықланды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими