Соңғы жылларда мәмлекетимизде майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў, күнделикли турмыс шараятын жақсылаў ҳәм оларға өмирде тен, имканиятлар жаратыў ушын бир қатар унамды илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2024-жыл 18-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниц «Майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосқынлықларсыз орталық жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 266-санлы қарары қабыл етилди.
Қарар бойынша, 2024-жыл 1-октябрьден:
– реконструкция етилетуғын ҳэм ремонтланатуғын қала қурылысы искерлиги объектлериниц қала қурылысы ҳүжжетлери жойбарларыныц техникалық бөлими майыплығы болған шахсларға шараятлар жаратыў бойынша қала қурылысы норма ҳәм қағыйдаларында белгиленген талапларға муўапықлығы бойынша мәжбүрий экспертизадан өткериледи;
– ҳәр жылы «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республика қаржыларыньщ кеминде 10 проценти көшелердиң кесилиспелеринде майыплығы болған шахслар (пиядалар) ушын қәўипсиз ҳәм тосқынлықсыз орталық жаратыў бойынша қурылыс-ремонтлаў ҳәм үскене менен тәмийинлеў жумысларына бағдарланады.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўге үйретиўши ҳәм оларды айрықша жағдайлар ўақтында қэўипсиз эвакуация етиў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақпық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте ҳәзирги күнде бир қатар унамлы жумыслар алып барылып, майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қэўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларындағы емлеўхана, поликлиника ҳәм майыплығы болған шахслар билим алатуғын оқыў орынлары жәмийетшилик қадағалаў топары тәрепинен үйренилип шығылды ҳәм бүгинги күнде мониторинг жумыслары еле де даўам етпекте.
Жәмийетшилик қадағалаў топарлары кейинги 2 ай ишинде 22 объектти үйренген болса, солардан 18 объектте майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша еле де исленетуғын жумыслар бар екенлиги анықпанды.
Жәмийетшилик қадағалаў топарынын, жумысларын еле де жетилистириў мақсетинде 2024-жыл август айында Нөкис қаласы «Жипек жолы» мийманханасының конференц-залында «Майыплығы болған шахслардыц айрықша жағдайларда туўры ҳәрекет етиўи» атамасында бир күнлик семинар шөлкемлестирилди.
Илаж Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы «Өмир қәўипсизлиги» оқыў орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Семинарды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – майыплығы болган шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша ҳәм майыплығы болған шахслардың өзлерин айрықша жағдайлар ўақгында туўры ҳәрекет етиўге үйретиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды еле де жетилистириў ҳәм бул мәселени кең жәмийетшиликке жеткериў болып есапланады.
Илажға Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы «Өмир қэўипсизлиги» оқыў орайыньщ, мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери, жергиликли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ҒХҚ ўэкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық
бөлиминиң баспасөз хызметкери.
Дерек: «ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН»
15-АВГУСТ 2024-жыл №97 (21119)
Отправить комментарий
Отправить комментарий