Балалар Психологиялық-медициналық-педагогикалық тексериўинен өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январьдағы 46-санлы қарарына муўапық, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикаси басқармасы жанында нәўбеттеги Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиясы шөлкемлестирилди.
ПМПКның тийкарғы мақсети 2 жастан 18 жасқа шекем өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балаларды комплекс Психологиялық-медициналық-педагогикалық тексериўинен өткериў ҳәмде мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў ушын жуўмақ бериў есапланады.
ПМПК тексериўинен өткерилген балаларға кеселлик диагнозлары бойынша Республикамыздағы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, мектеп-интернатлары, күндизги ғамхорлық топарлары ҳәм инклюзив класларына жолламалар берилди.
Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий