2024-жыл 24-август күни Нөкис қаласында Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм USAID пенен биргеликте Агентлик қасында шөлкемлестирилген “Психологиялық-медициналық-педагогикалық” комиссиялардың (ПТПК) жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелий қолланбасын енгизиўге қаратылған оқыў-семинары болып өтти.
Семинар USAID жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген болып, дәслеп Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров семинардың мақсетин, ҳәзирги ўақытта өз алдына билимлендириўге мүтәжлиги болған балаларды ПМПК тексериўинен өткериўде, медициналық модельден социаллық модельге өтиў кереклигиң ҳәм бул әлбетте, усы категориядағы балалар ушын үлкен имканият есапланатуғынлығын айтып өтти.
Соң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ПМПК комиссиялары ағзалары ушын арнаўлы бағдарлама тийкарында семинар даўам еттирилди.
Семинар даўамында қатнасыўшыларға ПМПК искерлигин шөлкемлестириў, комиссияға усынылатуғын ҳүжжетлерди анализлеў, баҳалаўда ата-ананың қатнасыўы, әмелий қолланбалар менен ислесиў сыяқлы темалар арнаўлы шынығыўлар тийкарында түсиндирилди.
Видео YouTube:
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий