2024-жыл 26-август күни “Ташкент” мийманханасы конференц-залында “Майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў мақсетинде өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжеси” атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилип өткерилди.

Шөлкемлестириўшилер Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы.

Дөгерек сәўбетиниң мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжесин додалаў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша таярланып атырған жол картасына усыныслар ислеп шығыў ҳәм киргизиў. Бул машқаланы кең жәмийетшиликке жеткизиў.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекистан Республикасы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қәнегелестирилген мектеплер, жергиликли МКШ ҳәм Ғалаба хабар қураллар ўәкиллери жәми 30 адам қатнасты.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими