Президентимиздиң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 465-санлы қарары тийкарында Нөкис районы Ақмаңғыт посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына 8 млрд. 980 млн сум қаржы есабынан қосымша жаңа имарат қурып питкерилди.
Бул қосымша имарат ишинде майыплығы болған шахсларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде лифт, операция блоги, лаборатория ҳәм наўқаслардың емлениўи ушын заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.
Майыплығы болған шахсларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў орайы алдын 50 орынлық болған болса енди, 100 орынға мөлшерленген етип қурып питкерилди.
Видео YouTube:
Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий