Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Республикамыздың барлық район (қала)ларында “Мәҳәлле жетилиги” ағзаларының мәҳәлледеги искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған ушырасыўлар өткерилмекте.

Ушырасыўдың нәўбеттеги мәнзили Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Шоманай районлары болып, онда “Мәҳәлле жетлиги”, районы белсендилери ҳәм көше бийлери қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар тараўға байланыслы қабыл етилген соңғы қарар ҳәм нызамлар, жаңалықлар, оларды әмелге асырыўда “Мәҳәлле жетилиги”ниң тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында айтып өтти.

Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы