2024-жыл 5-август күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инспекция басқармасы менен биргеликте Хожели районнында жайласқан Автовокзал ҳәмде Темир жол вокзалында мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәмде тосықсызларсыз орталық жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сәйкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында майыплығы болған шахсларға жаратылған шараятлардың талап дәрежесинде емес екенлиги, яғный Автовокзалдағы пандус стандартға жуўап бермейди, кириў есиклеринде тосықлардың барлығы, көрсеткиш белгилер жоқлығы, хәжетханалардың майыплығы болған шахслар ушын қолайлық жаратылмағанлығы, соның менен биргеликте Темир жол вокзалда кириў алды текшелеринде устағыш жоқ ҳәмде есик алдында тосық бар екинлиги анықланды.

Жәмийетшилик қадағалаўға Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инспекция басқармасы, Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими жуўаплы қәнигелери қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими