2024-жыл 7-август күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында көзи әззи абитуриент-жаслар ушын қабыллаў тест имтиханлары басланды.

Тест имтиханларын филиал директоры ў.ў.а. Р.Өтениязов ашып берди ҳәм тест имтиханлары тәртип-қағыйдалары, баҳалаў критериялары, комиссиясы қурамы ағзалары менен таныстырып өтти. Сондай-ақ, абитуриент-жасларға бүгинги тест имтиханларында әўметлер тиледи.

Бүгинги тест имтиханларында 4 абитуриент-жас өз билимлерин сыңнан өткериў мақсетинде тест имтиханларына таярланып келген.

Мағлыўмат ушын, Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қабыллаў имтиханларында жоқары балл топлаған ҳәм баҳалаў критерияларына жуўап берген абитуриент-жаслар қосымша квота менен мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етиледи.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.